БИРИККЕН АТЛЫҚЛАР
Abstract
Бириккен атлықлар ҳәр қандай еки ямаса оннан көп түбир ямаса тийкарлардың бир неше ўақытлар бирге қолланылып, тығыз биригиўинен қәлиплеседи. Бириккен сөз өзиниң компонентлериниң мәнисинен өзгешелеў жаңа мәни аңлатады. Оның компонентлери өзлериниң дәслепки мәнилерин өзгертип ямаса жойтып қолланылады. Сонлықтан да айырымларының компонентлери фонетикалық жақтан да өзгерислерге ушырап, өзлериниң дәслепки формаларын жойтады. Олардың айырымлары структурасы бойынша ҳәзирги тилдиң көз-қарасынан морфемаларға ажыралмайтуғын бир сөз сыпатында қолланылады.
References
Бекбергенов А. Қарақалпақ тилинде сөзлердиң жасалыўы. Нөкис, 1979