ӘЖИНИЯЗ ШАЙЫРДЫҢ ТРОПЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ШЕБЕРЛИГИ
Abstract
Әжинияз шайыр шығармаларында троплар үлкен әҳмийетке ийе. Шайыр дѳретпелеринде троплардың образлар дѳретиўде, лирикалық қаҳарманның ишки толғанысларын, нәзик сезимлерин, кеўил кеширмелерин бериўде, ѳз дәўириндеги турмыстың кѳринисин жанлы сәўлелендириўде орны салмақлы. Себеби тропларсыз ҳәр қандай шығарманың кѳркемлик дәрежесин ѳлшей алмаймыз. «Поэзияда ҳәр бир сөз, ҳәр бир мәни реңки, сөз дизбеги, ҳәттеки ҳәр бир сес белгили дәрежеде поэтикалық хызмет атқарады» [2:103].
References
Бекбергенов А. Қарақалпақ тилиниң стилистикасы. – Нѳкис, 1990.
Бердимуратов Е. Әдебий тилдиң функционаллық стиллериниң раўажланыўы менен қарақалпақ лексикасының раўажланыўы. – Нѳкис: Қарақалпақстан, 1973.
Сайтов Д. ХVIII-ХIХ әсирлердеги қарақалпақ шайырларының тили. – Нѳкис, 1989.